
Мәмлекетлер ямаса қалалар менен танысыў, дәслепки тәсирлер де вокзалдан басланады. Сонлықтан, вокзаллардың архитектуралық көринислери тартымлы болыўы керек.
Төменде most-beauty.ru сайты тәрепинен ислеп шығылған дүньяның ең сулыў вокзаллары менен таныстырамыз.
Нью-Йорктағы орайлық вокзал
Бул вокзал 1913-жылдан баслап өзиниң жумысын баслады.

Льеж-Гийемен. Льеж

Бул вокзал қайта исленгеннен соң 2009-жылы заманагөй көриниске ийе болды.

Токио станциясы. Токио

Бул темиржол станциясы арқалы күнине 4000 нан зыят қатнаўлар әмелге асырылады.

Орайлық вокзал. Антверпен

Бул вокзалдың қурылысында 20 дан аслам түрдеги архитектуралық безеў таслары ҳәм мрамор қолланылған.

Батыс вокзалы. Пекин

Бул вокзал 2006-жылы өзиниң жумысын баслаған.

Сент-Панкрас. Лондон

XX әсирдиң екинши ярымында вокзал қызыл гербиш пенен қайта реконструкцияланған.
