
25-май күни Жиззах олимпия резервлери колледжиниң манежинде өспиримлер арасында өткерилген ярым финал беллесиўлеринде қарақалпақстанлы жас өспиримлер майдан ийелери болған Жиззах ўәлаятының гандболшыларына қарсы майданға түсти ҳәм 41:40 есабы менен жеңип шығып, финал жолламасына ийе болды. Гандболшыларымыз 27-май күни саат 10:15те финалда Ташкент қаласының спортшылары менен беллеседи. Жерлеслеримизге әўмет тилеп қаламыз!
Ислам Матеков.