
Жиззах ўәлаятында өткерилип атырған «Баркәмал әўлад» спорт беллесиўлеринде қарақалпақстанлы баскетболшы қызлар 25-май күни өткерилген ярым финал беллесиўлеринде жеңиске еристи. Беллесиўлерде фаворит деп баҳаланған Ташкент қаласының қызлар командасын 60:58 есабы менен жеңип, финал жолламасына ийе болды. Жерлеслеримиз финалда Наманган ўәлаяты спортшыларын 66:55 есабында жеңген Жиззах ўәлаятының спортшылары менен беллеседи. Финал ойыны 27-май күни саат 9:00де Жиззах олимпия резервлери колледжинде өткерилиўи режелестирилген. Жерлеслеримизге әўмет тилеп қаламыз!
Ислам Матеков.