
Усы жылдан баслап «Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметин өтеген пуқараларды жоқары оқыў орнына қабыллаў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында qalampir.uz сайты хабарлады.
Оған муўапық, усыныснамаға (тавсиянома) ийе болған абитуриентлерге бакалавриат тәлим жөнелисине кириў тестинен өзлери топлаған баллдың 50% муғдарында қосымша балл бериледи.
Мәселен, тесттен 50 балл топлаған болса, оған қосымша 25 балл қосылады.