
Қытайда тас көшиўи ақыбетинде 15 адам дүньядан көз жумған, 3 адам жарақатланған, ал 118 адам жоғалған деп хабар бермекте tvzvezda.ru. Тәбийий апатшылық ақыбетинде тас көшкини астында қалып қойғанларды кутқарып алыў ушын барлық илажлар исленбекте. Оларды қәўипсиз орынға көшириў ушын 150 техника ҳәм 3 мың адам ҳәрекетте.
Бул апатшылық Қытайдың Синьмо аўылында 24-июнь күни жүз берген.