
Усы жылдың 9-10-август күнлери Ташкент қаласында «Жәмлеспеген жаслар менен алып барылып атырған жумысларды системалы шөлкемлестириўдиң әҳмийетли мәселелери» атамасындағы илимий-әмелий конференция өткериледи. Конференция ушын материаллар тийисли стандартларда жазылып, тараў қәнигесиниң кеминде бир пикири менен 2017-жылдың 25-июлына шекем Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Истеъдод» қорында ямаса konferensiya@umail.uz электрон мәнзилинде қабыл етиледи. Материаллар электрон формада, қәниге пикири болса қол қойылып, сканерленген формада материалға қоса тигиледи.
Ислам Матеков.