
Егер адам ҳәптесине 55 сааттан артық жумыс ислесе, оның жүрек кеселликлерине шалыныў қәўпи жоқары болады, деп хабар бермекте Baq.kz басылымы.
European Heart Journalда жәрияланған изертлеў жумысында жазылғанындай, ҳәптесине 35-40 саат жумыс ислейтуғын адамларға салыстырғанда, буннан да артық жумыс ислейтуғынлардың 40%и жүрек аўырыўларына тез шалынады екен.
Лондондағы Эпидемиология департаментиниң изертлеўшилери профессор Мики Кивимакидиң басшылығында Швеция, Финляндия, Дания ҳәм Уллы Британиядағы 85,5 мың адамды 10 жыл даўамында турақлы бақлап барған ҳәм жоқарыдағыдай шешимге келген.
Ислам Матеков.