
Өзбекистанда жумыс алып барып атырған 77 жоқары оқыў орнына быйылғы жылы рекорд дәрежеде – 729 мың 947 абитуриент ҳүжжет тапсырды. Быйылғы оқыў жылындағы квотаның 66 316 екенлигин есапқа алсақ, бул бир орынға 11 абитуриенттен келетуғынлығын билдиреди.
Мағлыўмат ушын, 2015-жылы жоқары оқыў орынларына 605,8 мың, 2016-жылы болса 663,2 мың абитуриент ҳүжжет тапсырған еди.
Еслетип өтемиз, тест сынақлары 1-август күни болып өтеди.
Ислам Матеков.