Telegram karinform

Технология

  • 17.04.2018 12:50
  • 2278

Telegram жаратыўшысы тармақтың блокланыўының 3 унамсыз ақыбетин санап көрсетти



Telegram социаллық тармағының тийкарын салыўшысы Павель Дуров өзиниң ВКонтакте тармағындағы жеке бетинде Россияда мессенджердиң блокланыўына түсиник берип, бул қарардың үш унамсыз ақыбетин айтып өтти. Бул ҳаққында Xabar.uz сайты хабар берди.
Бириншиден, оның пикиринше, бул 15 миллион россиялының турмысын аўырластырады. Екиншиден, елдеги террор қәўпи алдынғы дәрежеде қала береди.
«Россиядағы террор қәўпи алдынғысындай болып қала береди, себеби экстремистлер басқа мессенджерлердеги шифрланған байланыс каналлары ямаса «VPN»нен пайдаланыўда даўам етеди», - деп жазған Дуров.
Үшиншиден, бул Россияның миллий қәўипсизлик дәрежесиниң төменлеўине алып келеди.
«Россиялылардың жеке мағлыўматларының бир бөлеги Россияға нейтрал болған аймақтан АҚШтан қадағаланатуғын басқа аймақларға – WhatsApp/Facebookқа өтип кетеди», - деп өз пикирлерин жуўмақлаған Павель Дуров.
Алдынырақ Дуров тез арада мессенджерде блокты шетлеп өтетуғын ишки усыллар иске қосылыўын да мәлим еткен еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.