Telegram karinform

Технология

  • 27.07.2017 14:43
  • 2400

Уллы Британияда лифт-велосипед жаратылды (видео)

Уллы Британияда лифт-велосипед жаратылды (видео)

Уллы Британияда колледж оқыўшысы болған Елена Ларриба жаңаша лифт түрин ислеп шығарды, деп хабар бермекте Massaget басылымы.
Vycle деп аталған қурылма велосипед педалы арқалы адамның өзи тәрепинен ҳәрекетке келтириледи. Қурылма лифтке салыстырғанда аз орынға жайласады ҳәм адамның ден саўлығына пайдалы.
«Текшелер ўақыттың өтиўи менен пайдаланыўдан қалады. Келешекте көп этажлы үйлерде текшелер болмайды. Лифт болса көп электр энергиясын сарплайды. Мениң қурылмам текшеге де, лифтке де зәрүрлик туўдырмайды. Онда ҳәрекетлениў оғада жеңил және ден саўлыққа пайдалы», - дейди қурылма авторы Елена.
Еленаның айтыўынша, Vycle технологиясын қурылысларда да қолланыўға болады.



Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт