Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.06.2018 11:47
  • 2482

Үш жыллық бакалавриат, имтиханларсыз қабыллаў, талапқа қарай қәнигелик... Жоқары билимлендириўдеги реформалар

Үш жыллық бакалавриат, имтиханларсыз қабыллаў, талапқа қарай қәнигелик... Жоқары билимлендириўдеги реформалар

Президенттиң «Жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм олардың мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилгени ҳаққында хабар берилген еди, деп жазады Xabar.uz порталы.
Қарар тийкарында, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қурамында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрлик ҳәм мәкемелердиң 2018-2019-оқыў жылынан баслап:
- айрықша тәлим бағдарлары бойынша оқыў мүддети кеминде үш жыл болған бакалавриат ҳәм кеминде бир жыл болған магистратураны енгизиў, бунда магистратурада қәнигелер таярлаўды ислеп шығарыў (әмелий) (кеминде бир жыл) ҳәм илимий-педагогикалық (кеминде еки жыл) жөнелислерге қәнигелескен бағдарламалар тийкарында шөлкемлестириў;
- жоқары оқыў орынлары бакалавриатына қабыллаў квоталарынан тысқары сырт елли пуқараларды сәўбет тийкарында тест сынақларысыз оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы усынысларына разылық берилди.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қурамында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрлик ҳәм мәкемелердиң виза талапнамаларына тийкарланып оқыўға кириў тилегин билдирген сырт елли пуқаралардың кириў визаларын орнатылған тәртипте консуллық ҳәм басқа төлемлерди өндирмеген ҳалда рәсмийлестириў белгиленди.
Сондай-ақ, 2018-2019-оқыў жылынан баслап таяныш (жетекши) жоқары оқыў орынлары тәрепинен тийисли билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын кадрлар буйыртпашыларының талапларынан келип шығып, еркин түрде ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықлаў тәртиби енгизиледи.
Қарарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги болған мүддетте:
- жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларындағы тест сынақларын таярлаў усылларын алдынғы сырт ел тәжири йбеси тийкарында қайта көрип шығыў ҳәм оларды жетилистириў бойынша усынысларды белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизиў;
- алдынғы халықаралық имтихан системалары (TOEFL, IELTS, CEFR, SAT General, SAT Subject ҳәм басқалар) сертификатларына ийе болған абитуриентлерге тийисли пәнлерден белгиленген ең жоқары балл бериў ҳәм усы пәнлер бойынша тест сынағынан азат етиў тәртибин ислеп шығыў ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизиў тапсырылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма