Telegram karinform

Спорт

  • 08.08.2017 13:31
  • 2290

Испания чемпионатының ең жақсы футболшылары. Онда Рональду жоқ. ТОП-10

Испания чемпионатының ең жақсы футболшылары. Онда Рональду жоқ. ТОП-10

Испания премьеросы тарийхы ҳәм статистикасын изертлеў орайы (CINEFE) мәмлекет чемпионаты тарийхындағы ең жақсы футболшылардың рейтингин жәриялады. 86 футбол мәўсимин үйренип шыққан орай рейтингтиң ең жоқарысына Лионель Мессиди ылайық деп есаплаған. Рейтинг футболшылардың бир мәўсимде неше минут майданда ойнағаны, ойындағы ҳәм пенальтиден урған голлары, автогол ҳәм ойыннан шетлетилген жағдайларын есапқа ала отырып исленген. CINEFE рейтинги бойынша Лионель Месси Испания премьеросы тарийхындағы ең жақсы футболшы. Екинши орынға Мадридтиң «Реал» командасының белгили футболшысы Рауль Гонсалес мүнәсип көрилген. Күшли үшликке 1939-1955-жыллары «Барселона»да ойнаған Сесар Родригес жуўмақ жасаған. Ал бүгинги күнде Мессидиң баслы бәсекилеси болған Криштиану Рональду болса күшли онлыққа кире алмаған – ол 17-орында. Төменде сиз чемпионаттың ең күшли футболшыларының «ТОП-10»лығын тамашалаўыңыз мүмкин:

1. Лионель Месси, «Барселона»
2. Рауль Гонсалес, «Реал» (1994-2010)
3. Сесар Родригес, «Барселона» (1939-1955)
4. Тельмо Сарра, «Атлетико» (1940-1955)
5. Кини, «Спортинг Хихон» (1968-1980), «Барселона» (1980-1984)
6. Хуан Арса, «Севилья» (1943-1959)
7. Альфредо ди Стефано, «Валенсия» (1970-1974, 1979-1980, 1986-1988), «Реал» (1982-1984, 1990-1991)
8. Франциско Генто, «Валенсия» (1977-1978), «Гранада» (1980-1981)
9. Сантильяна, «Реал» (1971-1988)
10. Гильермо Горостиса, «Атлетико» (1929-1940), «Валенсия» (1940-1946).

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында