Telegram karinform

Спорт

  • 31.07.2018 12:23
  • 1826

Истомин Австриядағы жарысты жеңис пенен баслады



Австрияның Китцбюэль қаласында теннис бойынша жарыс басланды. Жоқары дәрежеде өткерилиўи режелестирилген бул жарысқа дүнья жүзине белгили теннисшилер менен бир қатарда жерлесимиз Денис Истомин де қатнаспақта. Ол турнирди таңлаў басқышынан баслаған болып, дәслеп еки қарсыласын жеңип, тийкарғы турға жол алған еди. Тийкарғы орында дәслепки ойынын өткерип, аргентиналы Федерико Дельбониске қарсы кортқа түсти. 1 саат 46 минут даўам еткен ойында Денис қарсыласын 7:6, 6:2 есабында жеңди. Ол шерек финалға шығыўы ушын турнирдиң екинши таңланған теннисшиси Филипп Кольшрайберге қарсы ойнайды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл