Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.08.2018 10:38
  • 1874

ДТМ сайтында тест нәтийжелери жәрияланбақта

ДТМ сайтында тест нәтийжелери жәрияланбақта

1-август күни өткерилген тест сораўларының нәтийжелери мәмлекетлик тест орайының dtm.uz сайтында жәрияланбақта.
Абитуриентлер кеше 22:00 ден соң сайтқа жуўаплар бетиниң номерин киргизип, топлаған баллының нәтийжелери менен танысып атыр. Оқыўға кире алмағанларға «TAVSIYA ETILMAGAN» жазыўы шықпақта.

ДТМ сайтында тест нәтийжелери жәрияланбақта

Егер сораўлар белгиси пайда болса, сол абитуриент студент болғанлығын билдиреди.

ДТМ сайтында тест нәтийжелери жәрияланбақта

Белгили болғанындай, биринши күн нәтийжелерине муўапық, мәмлекетлик грант бойынша ең жоқары балл 223,5 баллды қурап, (Юридикалық университетте), мәмлекетлик-шәртнама тийкарында ең жоқары балл болса, 176,7 баллға тең болды (бул да юридикалық университетте контракттың биринши орында турған абитуриенттиң баллы).
Тест сынақларында 58 985 абитуриент қатнасты, ал 1 393 абитуриент келмеди.
Тәртип қағыйданы бузғаны ушын 255 абитуриент тест сынақларынан шетлетилди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport