
Қанлыкөл районында социаллық ҳәм экономикалық потенциалын арттырыў, район халқының турмыс дәрежесин жақсылаў, сондай-ақ, ҳәзирги заманға сәйкес бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.
Район аймағындағы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйынында аймақ пуқараларына қолайлық жаратыў мақсетинде, заманагөй өзгеше жойбардағы бәндирги, яғный көринисинен зонтикти еслетиўши формаға ийе бәндирги қурылды, деп хабар берди kanews.uz.

Бул жерде аймақ халқы автотранспортларды күтиў ўақтында дем алыўы ушын отырғышлар салынып, қолайлықлар жаратылған. Жөнелисли таксилерди күтип турған жолаўшыларға бундай өзгеше дизайнге ийе болған бәндиргилер олардың кейпиятын көтереди ҳәм зериктирмейди.
Сахибжамал Есемуратова