Telegram karinform

Спорт

  • 22.09.2018 14:52
  • 1854

Бүгин Шаҳрам Ғиёсов Уэмблиде рингке шығады

Бүгин Шаҳрам Ғиёсов Уэмблиде рингке шығады
Жәҳән чемпионы, Олимпия ойынлары финалшысы бүгинги күнде профессионал бокста өз күшин сынап киятырған жерлесимиз Шаҳрам Ғиёсов Лондон қаласындағы Уэмбли стадионында өзиниң нәўбеттеги жекпе-жегин өткереди.
Бул жекпе-жекте жерлесимизге никарагуалық Хулио Лагуна қарсылық көрсетеди. Мағлыўмат орнында, Шаҳрам усы күнге шекем профессионал бокста төрт мәртебе жекпе-жекте қатнасып, олардың барлығында жеңиске ерискен. Лагуна болса 14 жекпе-жекте қатнасып, олардың бәринде теңсиз болған.
Ташкент ўақты менен саат 22:00де басланатуғын бул бокс кешесин «УзРепорт» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры тамашалаўыңыз мүмкин болады.

Нурлыбек Жамалов таярлады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир