Telegram karinform

Спорт

  • 25.08.2017 12:52
  • 2294

Криштиану Рональду Европаның ең жақсы футболшысы деп табылды

Криштиану Рональду Европаның ең жақсы футболшысы деп табылды

Португалия сайланды командасы менен Мадридтиң «Реал» клубы ҳүжимшиси Криштиану Рональду 2016-2017-жылдағы футбол мәўсиминиң ең жақсы футболшысы деп табылды. Футболшы Монакода болып өткен Чемпионлар лигасына чек таслаў салтанатында сыйлықланды. Рональду өткен мәўсимди табыслы өткерди. Чемпионлар лигасын қатарасына екинши мәрте жеңип алды. Испания Премьеросында командасын алға жетеледи. Ол Европаның ең жақсы футболшысы болып ғана қалмай, ең жақсы ҳүжимши атағына да мүнәсип деп табылды.
Сондай-ақ, өткен мәўсимниң ең жақсы дәрўазаманы атағы Джанлуиджи Буффон, ең жақсы қорғаўшы атағы Серхио Рамос, ең жақсы ярым қорғаўшы атағы Лука Модричке несип етти.
Қызлар арасында Лик Мартенс ең жақсы деп табылды.
Ең жақсы футболшылар Чемпионлар лигасына қатнасатуғын командалардың ықласбентлери ҳәм УЕФА қурамына киретуғын 52 ағзаның даўыс бериў жолы менен анықланған.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында