Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.04.2019 16:50
  • 1729

Автомобиль шырақларын қосып жүриў климат шараятымызға туўра келе ме?


ӨзР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы қәнигелери миллий баспасөз орайында өткерилип атырған баспасөз конференциясында усы сораўға жуўап берди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Ендигиден былай күндизги ўақытта барлық автомототранспорт қураллары жақынды жақтыландырыўшы шырақларын ямаса күндизги сигнал шырақларын қосып ҳәрекетлениўи шәрт етип белгиленди. Бул таза қағыйда халық арасында наразылықлар ҳәм пикир-таласларды келтирип шығармақта. Адамлар жаздың ыссы күнлеринде де жақынды жақтыландырыўшы шырақларды қосып ҳәрекетленсе, автомобиль моторы қызып кетиўи ҳәм өрт келип шығыўы мүмкинлигин айтпақта. Атап айтқанда, қоңсылас Қазақстанның қубла тәрепи – Шымкент қаласында да автомобильлердиң усы себепли өртенип кетиўи бақланғаны айтылмақта.
«Шырақларды күндизги ўақытлары да қосып ҳәрекетлениў пиядаларды дыққатлы болыўға үндейди. Сырт еллерде бул тәжирийбе 10-15 процентке жол транспорт ҳәдийселери ҳәм пиядаларды қағып кетиў қәўпин кемейткен. Климаттың шырақларды қосып жүриўге унамсыз тәсири жоқ. Егер автомобиль техникалық жақтан насаз болмаса, оның моторы қызып кетпейди. Усы сыяқлы унамсыз жағдайлар ески автомобильлерде ушыраўы мүмкин. Қоңсылас Қазақстанда да усындай ески автомобильлерде өрт келип шыққан. Техникалық тексериўден өткен автомобильлерде машқалалар болмайды»,- деп жуўап берген басқарма баспасөз хызмети баслығы Акмал Юнусов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...