Telegram karinform

Спорт

  • 23.09.2019 15:21
  • 1805

Сенсация. Қарақалпақстанлы дзюдошы Ташкент гран-присинде қарсыласын 2 секундта жеңди

Сенсация. Қарақалпақстанлы дзюдошы Ташкент гран-присинде қарсыласын 2 секундта жеңди
Дзюдо бойынша Ташкент гран-присиниң екинши күнинде Өзбекстан сайланды командасының еки ўәкили – Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья районында туўылған Шарофиддин Балтабаев ҳәм Камолиддин Расулов -81 килограмм салмақ категориясында өз ара финалда беллести.
Блогер Шуҳрат Саидаҳмадовтың хабар бериўинше, Шарофиддин сайлап алыў беллесиўлеринде қарсыласын бары-жоғы 2 секундта «иппон» баҳасы менен жеңген ҳәм халықаралық гран-при рекордын орнатқан.
Финалда жеңип шыққан ҳәм алтын медальды қолға киргизген Балтабаев Токио Олимпиадасы ушын әҳмийетли 700 рейтинг очкосын өз есабына қосып қойды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

    Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында хызмет көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

    Нөкис ҳәм Ургенч аэропортларында қолайсыз ҳаўа райы себепли самолётларды қабыллаўда ўақтынша шеклеўлер қойылды. Ташкент -–

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

    2025-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап Өзбекстан поезд билетлери баҳалары қымбатлайды. Бул ҳаққында «Өзбекстан темиржоллары» акционерлик жәмийети