Telegram karinform

Мәденият

  • 16.04.2021 12:49
  • 1478

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи шөлкемлестирилди

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи шөлкемлестирилди
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 13-апрельдеги қарары тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи шөлкемлестирилди.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1-жайда жайласқан (бурынғы Бердақ миллий музейи) имарат ҳәм объектлериниң мүлклери және басқа материаллық байлықлары менен биргеликте бир ай мүддетте музейге оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилиўин тәмийинлейди.

Музейдиң қаржыландырыў дәреклери сыпатында:

- Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджет қаржылары;
- өз жумысларынан түсетуғын дәраматлар;
- юиридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик жәрдемлери;
- нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында қадаған етилмеген басқа дәреклер белгиленбекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити