Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.06.2021 11:08
  • 820

Қарақалпақстанлы еки студентке «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы несип етти

Қарақалпақстанлы еки студентке «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы несип етти
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2021-жыл 28-июньдағы «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының 4-курс студенти Мадраимов Рустамжон Маткаримович ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының 4-курс студенти Нурниязов Арман Арзубай улы «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығына мүнәсип деп табылды.

Быйыл өткен жыллардағыдан өзгеше тәризде мәмлекетлик сыйлықлар 28 жасқа емес, 29 жасқа тапсырылмақта. Соннан республикамыздан еки жастың усы сыйлыққа мүнәсип көрилгени әҳмийетли есапланады.

Мағлыўмат ушын, «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы жеңимпазларының ҳәр бирине диплом, көкирек белгиси ҳәм базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық бериледи.

Ислам Матеков таярлады,
Karinform.uz


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко