Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.12.2021 16:26
  • 559

Студентлердиң қысқы дем алыс ўақтын мазмунлы өткериўге бағдарланған ўазыйпалар белгилеп алынды

Студентлердиң қысқы дем алыс ўақтын мазмунлы өткериўге бағдарланған ўазыйпалар белгилеп алынды
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен студентлер және оқыўшы-жаслар ушын қысқы дем алыс усы жылдың 25-декабрь күнинен 2022-жылдың 10-январына шекем етип белгиленди. Усы дем алыс дәўиринде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып атырған студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде әмелге асырылатуғын ўазыйпаларға арналған жыйналыс болып өтти.

Жыйналысты институттың Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қувондиқ Қодиров ашты ҳәм басқарып барды.
Студентлердиң қысқы дем алыс ўақтын мазмунлы өткериўге бағдарланған ўазыйпалар белгилеп алынды
Жыйналысқа институттың жаслар тәрбиясына жуўапкер хызметкерлери – факультетлердиң декан орынбасарлары, жаслар аўқамы институт басланғыш шөлкеминиң жетекшиси, Студентлер Кеңеси басшылары, тьюторлар ҳәм психолог, сондай-ақ, педагог-тәрбияшылар қатнасты.

Жыйналыс даўамында:
- дем алыс дәўиринде тастыйықланған жоба тийкарында студентлер менен руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы жумысларды үзликсиз даўам еттириў;
- жаслар арасында ҳәр қыйлы жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық жағдайлары профилактикасын күшейтиў және олардың ата-аналары менен турақлы байланыста болыў;
- дем алыс даўамында Президент Ш.Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» китабы тийкарында «Ўатанымның раўажланыўына өз үлесимди қосаман» атамасындағы мақалалар таңлаўын шөлкемлестириў;
- дем алыс дәўиринде «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни»не бағышланған мақалалар, шығармалар, сүўретлер, қосықлар ҳәм видеороликлер таңлаўларын онлайн тәризде шөлкемлестириў және ҳәр бир бағдар бойынша факультет жеңимпазлары дизимин 12-январь күни институт жумысшы топарына тапсырыў;
- дем алыс дәўиринде Студентлер турақ жайында қалатуғын түркменстанлы ҳәм қазақстанлы сырт елли студентлердиң жағдайынан турақлы хабар алыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды және ўазыйпалар белгилеп алынды.
Студентлердиң қысқы дем алыс ўақтын мазмунлы өткериўге бағдарланған ўазыйпалар белгилеп алынды
Жыйналысқа қатнасқан жуўапкерлер менен биргеликте көрип шығылған мәселелерди системалы түрде әмелге асырыў механизмлери де келисип алынды.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже