
2017-жылы 30-май күни Өзбекистан Миллий баспасөз орайында Дин ислери бойынша комитет баслығы О.Юсуповтың қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти. Онда айтылыўынша, усы жылдан баслап 7200 өзбекистанлы мусылманлар Ҳажы сапарына барып қайтады.
Келеси жылдан баслап Өзбекистаннан Умра зыяратына 10 мың адам барыўы режелестирилген.
Еслетип өтемиз, бүгинги күнге шекем ҳәр жылы Өзбекистаннан Ҳажы сапарына 5 мың, Умра зыяратына 6 мың адам барып қайтатуғын еди.