
21-июнь күни Халықаралық пресс-клубта спорт темасына арналған сәўбет болып өтти. Футбол ықласбентлери бул күнди асығыслық пенен күтти. Сәўбетке Сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов қатнасты, бирақ, Өзбекистан футбол федерациясы президенти Мираброр Усманов та, миллий сайланды команданың бас тренери Самвел Бабаян да қатнаспады.
Ең дыққатқа ылайықлы жери, сәўбет даўамында баслаўшы Өзбекистан футбол федерациясының Бас хаткери Сардор Раҳматуллаевқа тамашагөйлердиң атынан әжайып «саўға» тапсырды: жел берилген ҳәм сыртына «исеним» деген жазыўы бар шар.