Telegram karinform

Мақала

  • 15.11.2018 13:59
  • 1939

Коррупция жаман иллет пе?

Коррупция жаман иллет пе?
Ҳәр қандай мәмлекеттиң өз раўажланыў жолы болады. Бизиң мәмлекетимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, инсан мәплерин қорғаў ең тийкарғы мақсет болып есапланады. Президентимиз басшылығында алып барылып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясатта да халық мәплери ең баслы орында тур.
Биз буларға ҳәр күни ғалаба хабар қураллары арқалы гүўа болып жүрмиз. Әлбетте, елимиздиң раўажланыўы ушын ҳәммемиз бир мақсет ҳәм бир нийет жолында бирлесип, белгиленген Ҳәрекетлер стратегиясы бойынша өз искерлигимизди даўам еттирсек, биз келешегимиз болған перзентлеримизге еркин ҳәм аббат Ўатанды инәм етемиз.
Әлбетте, бунда жоқары лаўазымдағы инсанлардың ҳақ кеўил ҳәм патриот болыўы үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, мәмлекет раўажланыўына тосқынлық етиўши факторлардың бири – дәмегөйшилик, яғный бир сөз бенен айтқанда, коррупция болып табылады. Ҳәр қандай мәселениң шешимин пара берип емес, ал бара берип шешиў – бул сол адамның жоқары ҳуқықый саўаты бар екенлигинен дәрек береди.
Егер жәмийетшилигимизде ҳәр бир адам өзине жүкленген ўазыйпалар менен миннетлемелерин толық ҳәм ҳадал орынлап барса, сол жерде раўажланыў ушын жақсы орталық пайда болыўы анық. Бул өз гезегинде, исенимди беккемлейди. Солай екен, «бир күним өтсе болды», «бир күним, хош күним» сыяқлы мүнәсибетте емес, ал «Бизден азам ҳәм абат Ўатан қалсын» деген принципте өмир сүрсек, перзентлеримизге жарқын келешекти инәм еткен боламыз. Солай екен, коррупция сыяқлы унамсыз иллетке қарсы биргеликте гүресейик!

Ләззет Есемуратова.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Суўды аз муғдарда ишиў, себеби адамлардың шөллеўи жасқа қарап кемейеди.   Рационда белоктың жетиспеўи, бул денсаўлыққа унамсыз...

Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

    Бас айланыўы Бас айланыўы ҳәм кеўил айныўы спиртли ишимликлер, қант муғдарының пәсейиўи ҳәм суўсызланыў тәсиринде