Telegram karinform

Сиясат

  • 04.10.2017 12:47
  • 2486

Қарақалпақстандағы 4 академиялық лицей өз жумысын тоқтатады



Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 26-сентябрьдеги «Жоқары оқыў орынларына кириў ушын талабанларды мақсетли таярлаў системасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-3290-санлы қарарына муўапық, оқыў-методикалық ҳәм материаллық-техникалық базасы заманагөй талапларға жуўап бермейтуғын, жоқары оқыў орынларынан алыста жайласқан, билимлендириў сапасы ҳәм питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши төмен болған төмендеги академиялық лицейлерде қабыллаў процесси 2018-2019-оқыў жылынан баслап тоқтатылады ҳәм 2019-жылдың 1-сентябринен баслап өз жумысын тоқтатады.
1. Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Бостан академиялық лицейи.
2. Нөкис мәмлекетлик педагогика институты жанындағы 3-санлы Әмиўдәрья академиялық лицейи.
3. Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы жанындағы Төрткүл академиялық лицейи.
4. Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицейи.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже