
Англия сайланды командасының экс-капитаны Дэвид Бекхэм Майамиде футбол командасын дүзгени ҳаққында 2014-жылы хабарлаған еди. Бул команда Америка лигасына шығыў ҳуқықын қолға киргизди. Бул ҳаққындағы мағлыўмат MLS комиссары Дон Гарбер менен Майами-Дейд аймағының мэри Карлос Хименес қатнасыўындағы конференцияда жәрияланды. Биринши матч 2020-жылға қойылыўы белгиленген.
- Бизиң Майамиде MLS клубын ашыў бойынша әрманларымыз әмелге астыы. Биз оғада миннетдармыз, бир жағынан толқынланып турмыз, - деп айтып өтти Бекхэм пресс-конференцияда сөйлеген сөзинде.
Мағлыўмат ушын, Бекхэм Майамиде клуб ашыў бойынша франшизаны 2007-жылы сатып алған еди.
Ислам Матеков.